Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги баспасөз хызметиниң Makan.uz сайтына берген мағлыўматына қарағанда, 2019-жыл 5-январь күни саат 13:45 те Нөкис қаласы аймағынан өтетуғын «Хожели-Нөкис» темир жолы перегоны 2-пикетиниң 699-километринде 334-санлы «Саратов-Ургенч-Ташкент» жолаўшы тасыўшы поездын тартып баратырған UZTE16M2-033-санлы тепловозы темир жол рельсиниң ортасында қулағына наушник тағып алған, Нөкис қаласында жасайтуғын 2002-жылы туўылған пуқара Д.Р.ны қағып кеткен. Ақыбетинде Д.Р. ўақыя жүз берген орында қайтыс болған.

Бул жағдай бойынша тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.