Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медициналық мәкемелер, соның ишинде, туўыў комплекслериндеги дәмегөйлик ҳәм коррупциялық жағдайлар терең үйренилип, анализленген ҳалда системалы илажлар әмелге асырылмақта, деп жазады ӨзА.

Атап айтқанда, Президент қарары тийкарында мәмлекетлик медициналық бирлеспелериниң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары 2018-жыл 1-декабрьден 1,2 есеге көбейген болса, 2019-жыл 1-апрельден 1,15 есеге көбейетуғын болды. Бул бағдардағы жумысларды системалы түрде жолға қойыў, медицина хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў органлары хызметкерлерин материаллық жақтан хошаметлеў қоры дүзилди.

Сондай-ақ, ҳәр бир шыпакердиң жумысына қарап баҳалаў, мәкемелерди емлениў жағдайына бола қаржыландырыў, аудит ҳәм ишки тексериў системасын және де жетилистириў, ең әҳмийетлиси, жәмийетшилик ҳәм депутатлардың системалы қадағалаўы жолға қойылмақта. «Исеним телефоны», ҳәр қыйлы мүрәжат ҳәм шағымлар ушын «Пикир билдириў» қутысы, хызметкерлер ҳәм наўқаслар арасында сораўнамалар өткериў, видеобақлаў қурылмаларын орнатыў сыяқлы илажлар исленип, булардың барлығы дәмегөйлик ҳәм коррупциялық жағдайларға шек қойыўға хызмет етеди.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен системадағы медициналық мәкемелер, соның ишинде, туўыў комплекслериндеги жағдайды қадағалап барыў, коррупция ҳәм дәмегөйлик жағдайларына жол қоймаў ҳәм алдын алыў мақсетинде көплеген ўазыйпалар белгилеп алынды. Усы тийкарда мәмлекеттеги барлық туўыў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған абыройлы ҳәм тәжирийбели хызметкерлерден ибарат «Устазлар кеңеси» топарлары дүзилди.

Туўыў комплекслериндеги наўқаслар арасында болса аноним сораўнама өткериў бойынша шөлкемлестирилген «Пикир билдириў» қутыларын үйрениў жумыслары алып барылмақта. Туўыў мәкемелеринде туўылған нәрестелерди үйине жибериў бөлмелерине қосымша түрде видеобақлаў қурылмалары орнатылды.

Емлеўханада пулы хызмет ҳәм сервис хызметинен пайдаланыўшы наўқаслар менен төлемли шәртнама нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, ультрасесли тексериўлерди пуллы ҳәм бийпул халық қатламы ушын орнатылған тәртипте айрықша шөлкемлестириў илажлары көрилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги