Елимизде жасларды ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан қорғаў, олардың  машқалаларын шешиўге көмеклесиў, сондай-ақ, бәнтлигин тәмийинлеўде республикамыздағы «Жаслар орайы» тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

20-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Жаслар аўқамы  шөлкемлериндеги республикалық жаслар орайының 2018-жыл жуўмағына бағышланған сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда республикалық жаслар орайының Қарақалпақстан бөлими «Ең үлгили аймақлық бөлим» номинациясы бойынша «Алғыснама» менен сыйлықланды ҳәм  бөлимге Өзбекстан Жаслар аўқамының Орайлық Кеңеси тәрепинен «Спарк» хызмет автомашинасы тапсырылды.

– Бүгинги күнде қала ҳәм районларда Жаслар орайларында бийпул жәми 66 дөгеректиң жумысы жолға қойылған болып, оларда тийкарынан жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, майыплығы болған, туўма нуқсаны бар балалар ҳәм тәрбиясы аўыр жас өспиримлер оқып  келмекте. 2018-жыл даўамында 16501 жас өзлери қызыққан оқыў дөгереклерине  турақлы қатнасып атыр, – дейди орай директоры Полат Мақсетбаев. Бул «Алғыснама» ҳәм «Спарк» хызмет автомашинасы Жаңа жыл байрамы алдында үлкен саўға болды. Келешектеги режелеримиз мол. Таза жылдан баслап пайтахтымызда  халықаралық форум ҳәм конференциялар  өткериў режелестирилмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.