АҚШтың Аўғанстандағы әскерлериниң муғдары тең ярымына қысқартылады, деп мәлим етеди Military.com.ның Пентагондағы дәреги. Қорғаныў мәкемесиниң ўәкилине бола, жети мың әскер жылдың ақырына шекем Ўатанға қайтарылады.

Әскердиң Аўғанстанда қалған бөлеги бул жердеги бузғыншы күшлердиң, атап айтқанда, талибанлардың ҳәрекетин бақлап турады.

Еслетип өтемиз, америкалы әскерлердиң Сириядан шығыўы басланғаннан соң, гезектеги басқышта Аўғанстаннан әскерлерди алып шығылыўы айтылған еди.

ӨзА