Ибрайым ЮСУПОВ, Өзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры.

 

СЕКСЕЎИЛ

 

Үнсиз көкке қолларын созып әстен,

Ким булар ел шетинде ербеңлескен?

Ҳеш ким емес, бул мәзи сексеўиллер,

Шет – шебирсиз даланы қаплап өскен.

 

Бойында қызғыны бар тас көмирдей,

Шаң басып қуўаң тартқан жас көринбей.

Өз даласын жаўлардан қорғап турған

Әййемги массагеттиң ләшкериндей.

 

Айқасар отлы әптап, жәбир менен,

Жығылса иси болмас қабир менен.

Жаўмай өткен бултларға өшегисип,

Түйедей төзе билер сабыр менен.

 

Боранлар келип оны жулқылаған,

Қорықпас ол бирақ ҳеш бир ғулғуладан.

Артезиан излеген барлаўшыдай,

Узын тамыры шөл төсин бурғылаған.

 

Қақшыйып қыйынлыкқа төс кериўли,

Билмейди қула дүзде сескениўди.

Салмағы мысалы пил сүйегиндей,

Сүйемен шөл перзенти сексеўилди.

 

Туқымы жер таңламай өнип кетер,

Жасында көк шыршадай дөнип кетер.

Жанса да тегин жанбай, адамзатқа –

Бойдағы бар қызыўын берип кетер.

 

1963-жыл