Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги пахта майы, шелуха ҳәм пахта шигити шротының баҳасын «еркин қойып жибериў» усынысы менен шықты. Бул министрлик тәрепинен жәрияланған жойбарда көрсетилген, деп жазады Kun.uz.

Өткен жылы бәҳәрде социаллық әҳмийетке ийе ҳәм стратегиялық категориядағы товарлар ҳәм хызметлер дизими тастыйықланған еди, олардың баҳасы ҳәм тарифлери мәмлекет тәрепинен тәртипке салынады. Өнимлер арасында ун, бензин, этиль спирти, минерал төгинлер ҳәм басқалар бар.

Қаржы министрлиги бул дизимнен еки бәнтти шығарып таслаўды усыныс етпекте:

1) Халықтың социаллық жақтан әззи қатламлары ҳәм мәмлекеттиң стратегиялық қорын қәлиплестириў ушын арналған, тиккелей шәртнамалар арқалы сатылатуғын пахта майы.

2) Шелуха ҳәм пахта шигити шроты.

Жойбар менен төмендеги силтеме арқалы толық танысыўыңыз, усыныс ҳәм пикирлериңизди 14-январьға шекем билдириўиңиз мүмкин.

 

https://regulation.gov.uz/ru/document/1673

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.