Өзбекстанда ресторан ҳәм кафелердиң түнги ўақытта ислеў тәртиби белгиленеди. Бул ҳаққында 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған.

Ҳүжжет тийкарында ресторан, кафе ҳәм басқа кеўилашар объектлерде ҳуқық қорғаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў талапларын орнатқан ҳалда олардың түнги ўақытта ислеў тәртиби белгиленеди. Бул бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.

Жойбарда ресторан, кафе ҳәм басқа кеўилашар объектлерде ҳуқық қорғаў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў талаплары, бундай кеўилашар объектлердиң түнги ўақытта ислеў тәртиби нәзерде тутылады.

Орынланыў мүддети – 2019-жыл 5-февраль, орынлаў ушын жуўапкерлер – Бас прокуратура, ИИМ, МХХ, Мәмлекетлик салық комитети, Миллий гвардия, Әдиллик министрлиги.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.