2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясын реформалаў нәзерде тутылмақта. Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбары ислеп шығылады, деп хабар берди Kun.uz.

Жойбарда Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының дәрежесин қайта көрип шығыў, компания басқарыўына базар механизмлерин енгизиў ҳәм тараўда саламат бәсеки орталығын жаратыў нәзерде тутылады.

Орынланыў мүддети – 2019-жы 1-март, орынлаў ушын жуўапкерлер – Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги