Бүгин, 2019-жылдың 4-январь күни саат 14:00 де Халықаралық пресс клубтың гезектеги сессиясы Мойнақ районында болып өтеди.

New Muynak City телеграм каналының мәлим етиўинше, пресс клубтың сессиясы тиккелей эфирде «Өзбекстан 24» телеканалы арқалы алып көрсетиледи.

Пресс клубтың сапардағы сессиясы даўамында районның социаллық-экономикалық раўажланыўы, бүгинги күндеги машқалалар, оларды шешиў жоллары, жақын келешекте әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында пикир алмасыўлар, сораў-жуўаплар болыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.