Алдын хабар бергенимиздей, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының жойбары жәмийетшилик додалаўы ушын усыныс етилди. 249 бәнттен ибарат ҳүжжет жойбарында жоқары билимлендириў тараўы менен байланыслы болған мәселелер де бар.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик тест орайы, Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия тәрепинен жойбары 2019-жыл 1-майға шекем таярланыўы керек болған ҳүжжет жойбарында әскерий хызметти атқарған абитуриентлерге айрықша квоталар ажыратыў ҳәм тест сынақларын өткериў, сондай-ақ, әскерий бөлим командириниң усыныснамасы тек ғана әскерий жоқары оқыў орынлары ушын жеңилликке ийе болыўы нәзерде тутылады.

Жойбары 1-мартқа шекем Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен таярланыўы зәрүр болған ҳүжжетке муўапық, 2019-2020-оқыў жылы қабыллаўынан баслап басқышпа-басқыш мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў системасы жолға қойылады. Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын ҳүжжет тапсырыўдың ҳәкимшилик регламенти де тастыйықланады.

Сондай-ақ, 2019-2020-оқыў жылынан баслап басқышпа-басқыш мәмлекетлик буйыртпа ҳәм дифференциаластырылған төлемли контракт системасы енгизиледи, жоқары оқыў орынларын финанслық жақтан тәртипке салыўшы ҳүжжетлерди қайта көрип шығыў арқалы олардың финанслық мәселелерде еркин болыўын тәмийинлеў нәзерде тутылады, абитуриентлерге бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў имканияты бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.