Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайлар пайда етиў жумысларына қатнасып атырған жумысшылар арасында Жаңа жылға бағышланған  байрам тамашалары болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен экологиялық  шараятта жасап атырған республикамыз, соның ишинде Мойнақ районы халқының турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде дүнья еллериниң итибарын Арал машқаласына қаратыўы, 2018-жылдың 27-ноябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәжилисине Траст фондының шөлкемлестириўи халқымыз турмысындағы тарийхый жаңалықлардан бири болып табылады.

Президентимиздиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында Аралбойын социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың бахытлы және абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен бир қатар да 2019-2021-жылларда Арал теңизиниң қурыған ултанында 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў, солай етип, жасыл тоғайлар пайда етиў ўазыйпасын белгилеп берген еди. Мине бүгинги күни бул қайырлы иске республикамыздан, соның менен бирге елимиздиң барлық ўәлаятларынан 1100 ден аслам жумысшы, 500 ден зыят техника қатнастырылмақта. Олардың күши менен өткен қысқа ўақыт ишинде 32 мың гектар майдан егиске таярланған болса, соннан 18 мың гектарына туқымнан сексеўил егилип,  143 гектарда тоғайзарлық пайда етилди.  Арал теңизиниң қурып барыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў және теңиз ултанынан дузлы шаң-тозаңлар көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гүллән халқымызға Үндеўи қоллап-қуўатланбақта.

-Бул экологиялық машқаланы сапластырыўға үлес қосыў елимиздиң ҳәр бир пуқарасының әдиўли миннетине айланбақта,-дейди Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Ғолибжон Қурбанов.- Соны айрықша атап өтиўимиз керек, Президентимиз өзиниң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатында  Арал машқаласына, аймақта әмелге асырылатуғын жойбарларға кең түрде тоқтап өтти. Бул исте Қарақалпақстан Республикасы менен бир қатарда барлық ўәлаятларынан келген Тоғай хожалығының хызметкерлери белсене қатнаспақта. Оларға тийисли шараятлар жаратылып берилмекте.

    Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер шеберлери атқарыўындағы қонцерт бағдарламасы қойып берилип, байрам дәстурханы жайылды. Қыстың бүгингидей аязлы күнлерине қарамастан Аралдың қурыған ултанында мәртлик мийнеттиң үлгисин көрсетип атырған жумысшылар менен механизаторларға ақшалай сыйлықлар ҳәм саўғалар тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.