Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев өзиниң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине Мүрәжатында үзликсиз билимлендириў системасын және де жетилистириў зәрүр екенлигине тоқтап өтип, булл тараўдағы мәмлекетлик сиясат үзликсиз билимлендириў системасы принципине тийкарланатуғынын, яғный, мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги болған балаларға билим бериў бақшадан басланып, пүткил өмиринде даўам етиўи лазым екенлигин атап көрсетти.

Мүрәжатта улыўма билим бериў системасын бүгинги күнниң талаплары тийкарында шөлкемлестириў, перзентлеримиз ҳәр тәреплеме кәмал табыўы ушын барлық шараятларды жаратыўымыз,  жеке меншик мектеплерди шөлкемлестириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик имканиятларынан кең пайдаланыў зәрүрлигине де айрықша итибар қаратты.

Әлбетте, өтип баратырған 2018-жылда үзликсиз билимлендириў системасын жетилистириўде мәмлекетлик бюджет пенен биргеликте жергиликли бюджет есабынан да айтарлықтай илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында Инвестиция бағдарламасы тийкарында 22 объектте (1 жаңа қурылыс, 15 реконструкциялаў, 6 капитал оңлаў) жәми  47 миллиард 774,2 миллион сумлық қурылыс оңлаў жумыслары толығы менен орынланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын  2018-жылы әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда жәми 36 улыўма билим бериў мектеплеринде қурылыс-оңлаў жумысларына  20 миллиард 411,3 миллион сум қаржы ажыратылды.

Сондай-ақ, 2018-жылы жергиликли қаржы есабынан 34 мектепти заманагөй оқыў мебельлери менен тәмийинлеў ушын қосымша  4 миллион 560 мың сум ажыратылды. Президентимиздиң  2018-жылы 19-декабрьдеги қарары тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы бойынша  2019-жылғы Инвестициялық бағдарламасына жәми 19 улыўма билим бериў объектлери киргизилген. Соннан, Нөкис қаласы, Төрткүл, Беруний, Қоңырат, Шоманай районларында 8 объектте реконструкциялаў ҳәм 4 капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Усылар менен бир қатарда, Президентимиз Ш.Мирзиёвтиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында берген тапсырмалары ҳәм кеңейтилген мәжилистеги баянаты  тийкарында Мойнақ районын 2019-2020-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў мақсетинде районда 4 мектепти реконструкциялаў, 6 мектепти капитал оңлаў ҳәм район орайында қурылып атырған «Ақыллы қала»да жаңа заманагөй типтеги Инновациялық мектептиң қурылыўы режелестирилмекте.

2019-жылды Халық билимлендириў тараўында улыўма орта билимлендириўдиң оқыўшыларды еркин пикирлеўге бағдарлайтуғын Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў бағдарламалары ҳәм оқыў режелери қайта көрип шығылып, жетилистириледи.  2019-2020-оқыў жылында Нөкис қаласында ең қәбилетли оқыўшылар ушын «Президент мектеби» шөлкемлестириледи. Бул мектеп тийкарынан математика, физика, химия, биология ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары пәнлерин терең үйретиўге қәнигелестирилген болып, барлық қолайлықларға ийе мектеп болыў менен бирге, онда алдыңғы шет ел тәжирийбелерин пайдаланыў жолға қойылады.

2019-2020-оқыў жылында Мойнақ районында Инвестициялық бағдарлама тийкарында барлық шараятларға ийе инновациялық «Заманагөй мектеп» жумыс баслайды. Республикамызда мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес мектеплер шөлкемлестирилип, оның тармағы кеңейтилип барылады.

Бул өз гезегинде улыўма орта билимлендириўдиң сапасын көтериўге хызмет  етеди.

Президентимиздиң мүрәжатында атап өтилгениндей: «Улыўма орта билим бериў системасын бүгинги күнниң талаплары тийкарында шөлкемлестириў, перзентлеримиз ҳәр тәреплеме кәмал табыўы ушын барлық шараятларды жаратыў зәрүр». Себеби, билимлендириў – елимизди раўажландырыўдың тийкары болып есапланады.

  А.Аяпов,

Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў министри.