Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-декабрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары кирип киятырған Жаңа жыл мүнәсибети менен бир-бирин шын жүректен қутлықлап, жақсы тилеклерди билдирди.

Көп қырлы шерикликти беккемлеўдиң перспективалы бағдарлары ҳәм анық жойбарлары, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе баслы мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан-Тәжикстан қатнасықларының раўажланыўы оғада жедел пәтке ийе екени және стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени айрықша атап өтилди.

Буған, бәринен бурын, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан басшыларының усы жылы болып өткен тарийхый мәмлекетлик сапарларының жуўмақларында ерисилген келисимлер тийкар болды.

Өз-ара визасыз тәртип енгизилди, мәмлекетлик шегаралардағы барлық өтиў пунктлериниң жумысы қайта тикленди. Шегаралас аймақлар арасында турақлы алмасыўлар жолға қойылды.

Бас министрлердиң басшылығында қоспа Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме товар алмасыўдың көлеми сезилерли артқанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди турақлы жеткерип бериў бағдарында өз-ара пайдалы бирге ислесиў әмелге асырылмақта, өз-ара автомобиль қатнаўлары ҳәм авипәрўазлар турақлы жолға қойылды.

Президентлер мәдений-гуманитарлық қарым-қатнас избе-из кеңейип атырғаны, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанда өткерилип атырған ҳәр қыйлы илажларда мәмлекетлеримиз дөретиўшилик жәмәтлериниң турақлы қатнасып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ташкент ҳәм Душанбеде «Дослық кешелери» табыслы өткерилген мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз мәдений және руўхый жақынлығының айқын көриниси болды. Душанбе ҳәм Самарқандта Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳмон Жәмийдиң естеликлери орнатылды.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон мәмлекетлеримиз арасындағы көп әсирлик дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын Өзбекстан ҳәм Тәжикстан қатнасықларының абаданлығы жолында буннан кейин де кеңейтиў ҳәм беккемлеў бойынша умтылыслары беккемлигин атап өтти.

Сөйлесиў соңында Президентлер және бир мәрте бир-бирин қутлықлап, Жаңа жылда туўысқан халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

ӨзА