2018-жылдың 31-декабрь күни Арал теңизиниң қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын пайда етиў жумысларын әмелге асырып атырған Қарақалпақстанның барлық районларынан ҳәм Өзбекстанның барлық ўәлаятларынан келген көмекшилер ушын жаңа жыл байрамы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында New Muynak City телеграм каналы мәлим етти.

Байрамда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм басқалар көмекшилерди жаңа жыл менен қутлықлады.

Байрамда көмекшилер ушын байрам дастурханы жайылып, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги