2018-жыл 31-декабрь күни намәлим шахс Нөкис қаласы «Ақжағыс» МПЖ аймағында пуқара З.С. (атлы ҳаял)ның қолынан ишинде 500 АҚШ доллары, пуқаралық паспорты ҳәм зергерлик буйымы болған сумкасын тартып алып, ўақыя орнынан кетип қалған. Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласында жасайтуғын А.С. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.