Елимизде жаңа жылды мүнәсип күтип алыў бойынша қызғын таярлықлар көрилип, орынларда байрам тамашалары даўам етпекте.

Жаңа жыл алдында ҳәр жылы дәстүрге айланған Президент саўғаларын тапсырыў илажлары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көтериңкилик жағдайында өткерилди.

Усы жыл 29-декабрь күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ҳәм «Президент аршасы» орнатылған майданда Президент саўғаларын тапсырыў илажлары өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, балаларды ҳәм устаз-тәрбияшыларды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм оқыў қураллары менен шийринликлерден ибарат Президент саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Атап айтқанда, 1-cанлы Республикалық «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларына, елимиздиң тынышлығы жолында қурбан болған Ишки ислер уйымлары, Қорғаныў, Айрықша жағдайлар басқармалары және Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлериниң перзентлерине ҳәм Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшыларына Президент саўғалары тапсырылды.

«Президент аршасы» байрамында көркем өнер ғайраткерлери, музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының актёрлары, сондай-ақ, Қарбаба, Қарқызы ҳәм басқа да балалар ушын қызықлы болған ертек қаҳарманлары қатнасындағы дөретпелер тийкарында сахналық көринислер қойып берилди.

Усы жыл  29-30-декабрь республикамыздың барлық район ҳәм қалаларында Президент саўғаларын тапсырыў илажлары өткерилип, байрам тамашалары көтериңки руўхта өткерилди. Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен таярланған 40 миллион 215 мың сумлық саўғалар да берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.