Қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли дослар!

Мине усы толқынландырыўшы, пайызлы мәўритлерде жанажан Өзбекстанымызға 2019-жыл кирип келмекте.

Сиз, әзизлерди, көп миллетли халқымызды Жаңа жыл байрамы менен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге уллы байлық болған шаңарақ бахтын ҳәмде денсаўлық тилеймен.

Әзиз ўатанласлар!

2018-жылы барлық тараўларда халқымыздың пидәкерли мийнети менен үлкен өзгерислерди әмелге асырдық.

Заманагөй кәрханалар, турақ жайлар, көпирлер қурылды. Билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға берилди.

Сырт мәмлекетлер, ең дәслеп, жақын қоңсыларымыз бенен дослық ҳәм бирге ислесиў жәнеде күшеймекте.

Өзбекстанның халықаралық абырайын көтериў ушын салмақлы жумыслар исленди.

Буның нәтийжесин бүгин ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақ, ҳәр бир жәмәәт өз мысалында көрмекте. Ең әҳмийетлиси, адамларымыздың ертеңги күнге исеними артпақта.

Бир сөз бенен айтқанда өтип баратырған жыл мәмлекетимиз тарийхында жарқын из қалдырған жыл болды.

Сол ушын да  ески жылымызды шүкиршилик ҳәм разылық пенен узатып қалмақтамыз.

Ҳүрметли дослар!

Биз 2019-жылға Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы, деп атама бердик.

Жедел инвестициялар раўажланыў ушын шексиз имканиятлар есигин ашады.

Социаллық раўажланыў болса халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын кескин арттырыўға хызмет етеди.

Биз елимизде тынышлықты, миллетлер ҳәм пуқаралар арасындағы татыўлықты тәмийинлеўге баслы итибар қаратамыз. Халық пенен пикирлесиўди жоқары басқышқа алып шығамыз.

Исбилерменлик ҳәм жеке мүлкти қоллап-қуўатлаў жумысларын даўам еттиремиз.

Елимизди және де абат етиў  ҳәм көркейтиў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар менен инсанларды қоллап-қуўатлаўға, халықтың дәраматларын арттырыўға итибарды және де күшейтемиз.

Ҳүрметли нураныйлар, апа-қарындасларымыз ҳәмде жасларымызға ғамқорлық көрсетиў турақлы дыққат орайымызда болады.

Усы пайызлы ақшамда барлық мәмлекет ҳәм халықларға, сырт елли досларымызға, шериклеримизге ең жақсы тилеклеримизди жоллаймыз.

Әзизлерим, қәдирданларым!

Халқымыздың барлық арзыў-нийетлери иске ассын!

Перзентлеримиздиң, ақлықларымздың бахты ҳәм кәмалын көрейик!

Гөззал ҳәм бийтәкирар журтымыз тыныш, кеңпейил халқымыз ҳәмийше аман болсын!

2019-жылдың қәдеми қутлы келсин!

Жаңа жыл бәршемизге қутлы мүбәрек болсын!

 

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти