Ибрайым Юсупов,

Өзбекстан қаҳарманы, халық шайыры.

 

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ

Бир исбилермен мың бийдәўлеттен жақсы.

(Әмир Темур)

 

 

Жаратқанның қайырқомлық қорында,

Не жоқ бендесине беремен десе.

Берген менен сораўы бар соңында,

Инанба жоқтан бар дөреген десе.

 

Жаслық ғайрат берди, ақыл ҳәм зейин,

Дарқан билим алып, илиндиң хатқа.

Не жетпейди енди булардан кейин,

Заманы шақырған жас азаматқа!

 

Ийнесин излеген қыздай гүйбеңлеп,

Аяқ астыңызға үңиле бермей,

Ҳәй, жаңа адамлар, келиң-дә жөнлеп,

«Не көрдиң Қара ат» деп шегине бермей…

 

Қара терге түскен қара мийнеттиң

Ескирген заманы өтип бармақта.

Исбилермен болып, гилтин дәўлеттиң

Тапқан еллер алға кетип бармақта.

 

Илимнен нур берип истиң көзине.

Машақаттан қашпай, берилсең оған,

Байлық өз ийтиңдей ерер изиңе,

Дүнья қуўып жүриў шәрт емес саған.

 

Ел ырысын арттыр, өзиң де байы,

Гедейлик ҳеш кимди мандытқан емес.

Қол ҳәм мийиң исте болсын удайы,

Нийетиң ҳақ болсын, асқынлама ҳеш.

 

Америкалы Билл Гейтс дегенди

Дүньядағы ең бир бай киси десер.

Ол отырмас «мен байыдым» деп енди,

Компьютерде күнде он саат ислер.

 

Көрип жүрипсизлер көп жерге барып,

Илим, техниканы ислетип олар,

Таслақ жерди тамшы менен суўғарып,

Жетпис центнерден «ақ алтын» алар.

 

Олар көрсе күлер бизиң жақларды,

Ал биз «билгир дийқанбыз» деп ойлаймыз.

Ата-баба қазып кеткен жапларды

Тазаламай, қысы менен тойлаймыз.

 

Техниканың ийеси жоқ, майы жоқ,

Жайрап жатар «жесир қатын мүлкиндей».

Егистиң ўағында «әтшөк ғайы» көп,

Банк ҳәм ширкет – аразласқан төркиндей.

 

Бизиң фабрикалар шығарған затты,

Шет ел түўе, өзимиз де алмаймыз.

Базар талаплары болса да қатты,

Бас қытырып, оған ҳәмел қылмаймыз.

 

Ески чиновниклик минберге шығып,

Журтқа ақылгөйлик қылғымыз келер.

Қыста қолымызды қалтағы суғып,

Көбимиз ҳәмелдар болғымыз келер.

 

Өмирге жаңаша көз-қарас пенен

Қарап, ислейди деп журт исенгенлер, –

Бизнестиң илимий сырларын билген,

Сиз, – жаңа адамлар, – исбилерменлер!

 

Шешиң ийниңизден узын шапанды,

Қойың тил қышытқыш «даналықларды».

Шақыр Инвестиция деген апаңды,

Енгиз өндириске жаңалықларды.

 

Ол «апаң» есапдан ҳәм пайдакүнем,

Мейли, сен де оннан пайдалан сондай.

Шақыр кеўлин таўып исеним менен,

Қусты далбай былғап шақырғанындай…

 

Қурып қалған теңиз қайырындағы

«Қуты қашқан ел»деп қарасар бизге,

Олар билмес адамларды бундағы,

Байлықты, кеңликти түспеген көзге.

 

Байлық, арқайынлық, кеңлик, мүриўбет

Жерден адамлардың кеўлине көшкен.

Бул жер асты-үсти турысы дәўлет,

Мәзи үйренгенбиз ойлаўға әстен.

 

Тарийхта үш ирет қурыған Арал,

Биз дус келсек керек төртиншисине.

Тәбият анамыз қырсыққан болар,

Ашкөз адамзаттың қылған исине.

 

Ҳәр жердиң тәбизи өзинше ҳесап,

«Жеримиз қыйын» деп налыймыз базда.

Ийт байласа турмас жерлерде жасап,

Гүллентип атырған адамлар аз ба?

 

Тилин тапсаң, жер де қушағын ашар,

Бул жер насаз емес, өзимиз насаз.

Заман бийигине талпыныс нашар,

Халқымыз мийнеткеш, исбилермен аз.

 

Бул жер Дийқан баба нәзери түскен,

Еткен еңбегиңнен қуны ҳасыл ды.

Бейиш жемисиндей қаўынлар пискен,

Жырып жиберердей ананасыңды.

 

Бунда қойлар туўар зер қырпық, сурды,

Қара таў мәрмери мерўерттей жанар.

Ҳәтте, жабайы шөп – боян тамырды

Дүнья валютаға – алтынға алар.

 

Бул жердиң нефть, газ булақларына

Заман қол урғанда, достым, еле сен,

Барса-келмес-Қараўымбеттиң дузына

Сода завод ислегенде көресең…

 

Азғана жыл суўдың тамтарыслығы,

Руўҳымыз түсирип, болдық бийқарар.

Тәбияттың апатшылық, қырсығы

Ҳәзир планетаның көп  жеринде бар.

 

Инсаният бундай қыйыншылықларды

Жеңип, жасаў жолын үйренип атыр.

Батыс бетте ашқан жаңалықларды,

Шығыста қолланып, үлгерип атыр.

 

Бул сөзлер сиз ушын жаңалық емес.

Шайыр айтар, нени сезсе жүреги.

Ақыл үйретиў ҳәм даналық емес,

Бул – заман талабы, халықтың тилеги.

 

Өндирисши, алым, инженер, фермер,

Қайсы кәсиптенсең деп сорамайық.

Илҳамланып ис басына келиңлер,

Биз, шайырлар, сизди дәстан қылайық.

 

Жаслар өсип шықсын туўған елинен.

Жаңа булақ көзин ашыңлар сенлер.

Абат турмыс ушын ис минберинен

Биринши сөз сизге, исбилерменлер!

 

2002-жыл