«Fortune» журналы 2018-жылдың ең жақсы 5 смартфонын анықлады.

1) iPhone XS Max смартфоны қәнигелерди фото ҳәм видео түсириўдеги сапасы, көлеми ҳәм экранының тынықлығы жағынан таң қалдырған. Бир ғана кемшилиги – баҳасының оғада қымбат екенлиги.

2) Google Pixel 3 ең жақсы смартфонлар қатарына спамларды дәрриў блоклай алыў мүмкиншилиги болғанлықтан киргизилген. Сондай-ақ, камерасы арқалы қараңғы ўақытларда да объектлерди анық көре алыўға болады.

3) Huawei Mate 20 Pro көп ўақытқа шекем жететуғын қуўатлылығы менен қәнигелердиң итибарын тартқан. Сүўретлериниң сапасы жоқары және жасалма интеллект жәрдеминде жумыс ислейди.

4) OnePlus 6T – бул смартфонның да әҳмийетли тәреплери көп. Дисплейдеги бармақ изи бағдарламасы, сүўретлериниң оғада сапалы болыўы тәрепинен ең жақсылар қатарында. Камерасы түнги ўақытларда да жақсы түсире алады.

5) Samsung Galaxy Note 9 смартфоны мониторға жалғанып, жеке компьютер сыпатында жумыс ислеўге болатуғынлығы себепли қәнигелер тәрепинен ең жақсылар қатарына киргизилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.