Ҳүрметли Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатын жоқары көтериңкилик руўхта қабыл еттик. Онда, «Өтип баратырған жылда турмысымыздың барлық тараўларында, атап айтқанда, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларын раўажландырыў жолында да әҳмийетли қәдемлер тасланды. Әсиресе, елимиз жаслары Индонезияда болып өткен Азия ҳәм Пара-азия ойынларында, Аргентинада өткерилген жас өспиримлер Олимпиадасында жоқары орынларды алғаны бәршемизди қуўандырды», – деп билдирген пикири Елбасшымыздың спорт тараўына қаратып атырған үлкен исеними деп билемиз.

Шынында да, елимизде спорт тараўына жетерлише итибар қаратылып атырғанлығы себепли, жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылардың жетилисип шығып атырғанлығы қуўанышлы жағдай.

Мине усы жоқары исеним ҳәм ғамхорлық арқасында көплеген жетискенликлерге еристим. Атап айтқанда, спорттың аўыр атлетика түри бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы болдым, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы» атағына ийе болдым, өмиримдеги умытылмас ўақыя «Нексия» автомашинасын  саўға сыпатында берилгени болып табылады.

Бүгинги күнде Тақыятас районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жас әўладқа спорт сырларын жалықпастан үйретип атырман.

Ғәрезсизлигимиздиң шарапаты менен Өзбекстан спортшылары жәҳән майданларында үлкен табысларға ериспекте. Халықаралық майдандағы абырайлы жарысларға, соның ишинде, Азия ойынларына қатнасып атырған ҳәр бир спортшымыз артында өзин мине усындай жоқары дәрежеге жеткерген Ўатанымыз, халқымыз турғанын, жаратылып атырған шараятлардың бәршеси Президентимиздиң жас әўладты камалға келтириўге болған итибары ҳәм ғамқорлығының нәтийжеси екенин шын кеўилден сезинемиз. Мине, усы сезим биз жас спортшыларға күш-ғайрат, исеним бағышлайды.

РУСТАМ ЖАҢАБАЕВ,

Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы