Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен ишки ислер уйымларында мийнет етип атырған ҳәм хызмет бабында қайтыс болған, сондай-ақ, еркин жалланба хызметкерлердиң балаларына арналған байрам илажы өткерилди.

Сондай-ақ, балаларға Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Жаңа жылды излеп» атлы сахналастырылған байрам шоу концерти қойып берилди.

Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов ҳәм оның орынбасарлары тәрепинен хызмет бабында қайтыс болған хызметкерлердиң балаларына мәмлекетимиз Президентиниң Жаңа жыл саўғалары, сондай-ақ, ҚР ИИМ хызметкерлери кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги