Алдын хабар бергенимиздей, 26-декабрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласының бас аршасы орнатылған жаңа жыл байрамы майданшасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир топар талантлы студентлери шөлкемлестириўиндеги байрам концерти болып өтти.

Илажды институт оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов ашып берди.

Байрам концертинде студентлер тәрепинен миллий, классикалық ҳәм эстрадалық қосықлар, аяқ-ойынлар атқарылды. Сондай-ақ, тамашагөйлер арасында қызықлы ойынлар өткерилди.

Жаңа жыл байрамы кишкене балалардың өмиринде үлкен қуўанышлы байрамлардың бири болып табылады. Байрам шөлкемлестириўшилери аяз ата ҳәм қар қызы менен биргеликте кишкене балаларға қосық, тақмақлар айттырып, байрам саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, илаж даўамында шөлкемлестирилген түрли таңлаўлардың жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.

Жаңа жыл қарсаңында шөлкемлестирилген бул илаж халқымыз кеўлине бир дүнья қуўаныш алып келди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.