«Жоқары билимлендириў системасында билим алыў ушын кең имканиятлар жаратыўға бағдарланған жумысларды және де күшейтиўимиз керек.

Елимизде питкериўшилерди жоқары билимлендириў менен қамтып алыў өткен жылларда 9-10% болып киятырған еди. Соңғы 2 жылда көрилген илажлар себепли биз бул көрсеткишти 15%тен арттырыўға еристик. Бирақ, бул еле жеткиликли емес, себеби дүньядағы раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесине қарайтуғын болсақ, бул көрсеткиш оларда орташа 60-70%ти қурайды.

Сол себепли, 2019-жылы елимизде питкериўшилерди жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежесин 20%ке жеткериў ҳәм келеси жылларда көбейтип барыў әҳмийетли ўазыйпаларымыздың бири болып табылады.

Жасларымызға бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў имканиятын бериўимиз олардың билим алыў ҳуқықларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Жоқары оқыў орынларына реал имканиятлардан келип шыға отырып, қабыллаў квоталарын еркин түрде белгилеў системасын енгизиўимиз керек.

Бакалавриат бағдарында оқып атырған студентлерге сырт елде оқыўын даўам еттириў имканиятларын және де кеңейтиўимиз керек. Себеби, жәмийетимизде жоқары мағлыўматқа ийе, жоқары тәжирийбели қәнигелер қаншелли көп болса, раўажланыў соншелли тез ҳәм нәтийжели болады.

Министрлер Кабинети бул усыныслар бойынша 2 ай мүдетте тийисли илажлар ислеп шығыўы керек», – деп айтып өтти Президент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги