Президентимиз экологиялық қәўипсизлик, биринши гезекте, суў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти ҳәм Суў хожалығы министрлигине 2019-жылы аймақтағы мәмлекетлердиң экспертлери менен биргеликте Орайлық Азияда суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша усынысларды ислеп шығыўы кереклигин көрсетип өтти.

«Биз Өзбекстанның басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын БМШ Бас хаткери мырза Антониу Гутерриш және БМШның басқа институтларынан, бирге ислесиўши мәмлекетлерден миннетдармыз. Биз бар күш ҳәм имканиятымызды иске қосып, Арал бойындағы жағдайды жақсылаў бойынша ҳәрекетлеримизди және де күшейтемиз», – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Арал теңизиниң қурыған аймағында келеси жылы және 500 мың гектарлық тоғайлық пайда етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги