«Экономиканың барлық тараўларын санлы технологиялар тийкарында жаңалаўды нәзерде тутатуғын Санлы экономика миллий концепциясын ислеп шығыўымыз керек. Усы тийкарда «Санлы Өзбекстан-2030» бағдарламасын турмысқа енгизиўимиз зәрүр», – деди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Санлы экономика улыўма ишки өнимди кеминде 30 процентке арттырыў, коррупцияны кескин кемейтиў имканын береди. Абыройлы халықаралық шөлкемлер өткерген анализлер де буны тастыйықламақта. Соның ушын, экономика тараўларында санлы трансформацияны әмелге асырыў, миллий мәлимлеме технологияларын раўажландырыў ҳәм бул бағдарда инвестицияларды енгизиў зәрүр.

Өзбекстан Республикас Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжаты даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги