2019-жылы барлық дәреклер есабынан дерлик 138 триллион сумлық ямаса 2018-жылға салыстырғанда 16 процентке көп инвестицияларды өзлестириў жобаластырылмақта, деп жазады ӨзА.

Бул бағдарда тиккелей сырт ел инвестициялары муғдарын быйылғы жылға салыстырғанда дерлик 1,5 есеге көбейтип, 4,2 миллиард долларға жеткеремиз. Нәтийжеде 142 заманагөй кәрхана иске түсириледи.

Сырт ел инвестициялары биринши гезекте стратегиялық тармақларға бағдарланады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжеси дүньядағы жетекши халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен тән алынып атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Мәселен, дүньядағы абыройлы «Фич рейтингс» ҳәм «Стандарт энд пюрс» рейтинг агентликлери биринши мәрте елимиздиң халықаралық суверенли кредит рейтингин белгиледи. Бул рейтинг мәмлекетлик кепиллигисиз сырт ел инвестициясы ҳәм қарыз қаржыларын енгизиў бойынша имканиятларымызды және де кеңейтиўге хызмет етеди.

Усы рейтинг баҳалары «Турақлы» прогнозына ийе болып, бул жақын 12-18 ай даўамында бул көрсеткиштиң төменлеў дәрежесиниң кемлигин аңлатады.

Өзбекстан ерисип атырған бундай рейтинг баҳалары Аргентина, Армения, Беларуссия, Египет, Украина сыяқлы мәмлекетлерден жоқары екенин атап өтиў керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги