Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатнамасында экономика тараўында алдымызда турған ўазыйпаларды санап өтти, деп жазады ӨзА.

Ашық экономика, саламат бәсеки, инвестициялық орталықты түпкиликли жақсылаў, экономикада мәмлекеттиң қатнасын кемейтиў, жумыс орынларын көбейтиў, жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлеў, «жасырын» экономикаға қарсы гүресиў, валютаны еркинлестириў сиясатын избе-из даўам еттириў, тәжирийбели кадрларды таярлаў сыяқлылар усылардың қатарына киреди.

Әлбетте, бул бағдардағы баслы ўазыйпалар да айрықша атап өтилди. Буның ушын макроэкономикалық турақлылықтың өсиў пәтин сақлаў, инфляцияны басқарыўға итибар қаратылады. Дүнья тәжирийбесин үйренип, халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, монетарлық сиясатты жетилистириў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў концепциясын ислеп шығыўымыз керек.

Экономика тараўында статистикалық есапларды дурыс жүргизиў мәмлекеттиң экономикалық потенциалын баҳалаўда әҳмийетли есапланады. Усы мақсетте Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Халықаралық валюта қорының 2018-жылғы Миллий есаплар системасын 2020-жыл 1-январьдан баслап толық енгизиў керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги