Фейсбук социаллық тармағының белсенди юзерлериниң бири Сәкен Сердалиевтиң мәлим етиўинше, Беруний районы орайында әжайып жаңа жыл аршасы орнатылды.

Берунийдеги бул жаңа жыл аршасы 2017-жылы дүньядағы ең сулыў арша деп табылған Литва пайтахты Вильнюс қаласындағы жаңа жыл аршасына оғада уқсатып исленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.