25-декабрь күни пайтахтымыздағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Қәдириятлар бесигисең, әзиз мәҳәллем!» сүрени астында өткерилип киятырған «Мәҳәлле-мениң тәғдиримде» атамасындағы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаў Пуқаралардың  өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын  муўапықластырыў бойынша  Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилди.

Таңлаў үш басқышлы системада өткерилип, онда мәҳәллелерде жасаўшы, аймақтағы улыўма билим бериў мектеплериниң 9-10-11-класларында, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң 2-3-басқышларында билим алып атырған оқыўшы- жаслары қатнасты.

Усы жыл 14-16-декабрь күнлери аралығында таңлаўдың сайлап алыў басқышы өткерилип, оған жәми 322 мәкан пуқаралар жыйынан  1500 жас қатнасқан болса, 16-22-декабрь күнлери аралығында таңлаўдың екинши басқышы республикамыздың барлық қала ҳәм районларында өткерилди. Оған 99 команда жәми, 396 жас қатнасты.

Солай етип, таңлаўдың республикалық басқышына қала ҳәм районларда жеңимпаз болған 16 мәкан пуқаралар жыйынының командалары 3 шәрт бойынша өз-ара беллести.

Таңлаў қатнасыўшылары биринши шәртте «Шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси» бирге ислесиўиниң әҳмийети ҳаққындағы презентацияларын слайдлар жәрдеминде көрсетип берген болса, екинши шәртте  «Шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси» бирге ислесиўиниң механизмин күшейтиў, тараўға тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер және үгит-нәсиятлаўға байланыслы сораўларға жуўап берди. Соңғы шәртте команда ағзалары «Мәҳәлле-мениң тәғдиримде» атамасында шығарма жазды. Онда физикалық саламат, руўхый жетик ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланған бәркамал болып жетилисиўде мәҳәллениң орнын ҳәм әҳмийетин көрсетип бериўи, жаслар арасында жат иллетлердиң алдын алыў, «ғалабалық мәденият»тың халқымыздың миллий қәдириятларына қәўип-қәтери ҳаққында толық ашып берди.

Таңлаў жуўмағында Беруний районындағы «Азат» АПЖның «Жигерли жаслар» командасы биринши, Шымбай районындағы «Таза жап» АПЖның «Әдалат» командасы екинши, Елликқала районындағы «Қырққыз» АПЖның «Қырққызабад» командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)