USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҚӘЎИПСИЗЛИК ХЫЗМЕТИНИҢ КЕҢЕЙТИЛГЕН МӘЖИЛИСИ

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында, 2018-жыл 25-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң имаратында мәмлекетимиз қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм миллий мәплеримизди қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигине бағышланған кеңейтилген мәжилис болып өтти.

Мәжилиске  Олий Мажлис палаталарының басшылары, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының ўәкиллери, ҳүкимет ағзалары, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жеке қурамы, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары қатнасты. Видеоконференцбайланыс арқалы илажды Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары  бақлап барды.

Елимизде тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеў, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде қәўипсизлик системалары ҳәр тәреплеме жетилистирилмекте, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленип, кадрлар потенциалы арттырылып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 14-марттағы «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик қәўипсизлиги системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шөлкемлестирилди, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары белгилеп берилди. Усы жыл 5-апрель күни «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Мәжилисте системада әмелге асырылған реформалардың нәтийжелери ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды. Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң  басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер менен сыртқы ҳәм ишки қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Узақ ҳәм жақын регионларда халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм трансшегаралық жынаятшылық күшейген бүгинги шараятта мәмлекетимиз қәўипсизлигин буннан былай да беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Қылмысына шын кеўилден пушайман болғаны ҳәм жат идеялардан дурыс жолға қайтқаны ушын жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген экстремистлик шөлкемлердиң бурынғы ағзаларын ҳәм тәрепдарларын нормал турмысқа қайтарыўға қаратылған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары белгиленди. Социаллық-экономикалық тараўларды комплексли раўажландырыў бойынша сектор башыларына бул шахслардың турмыслық машқалаларын шешиў, оларды жумысқа орналастырыў ҳәм жәмийетлик турмысқа тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәмлекетимиз басшысы халқымыздың социаллық қәўипсизлиги мәселесине де айрықша итибар қаратты. Азық-аўқат, энергетика, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларда қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша әҳмийетли илажлар ҳаққында сөз етилип, бағдарлар ашық-айдын көрсетип өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң есаплары тыңланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң жаңа аймағы ҳәм жаңа имараты, оның жумысы, материаллық-техникалық имканиятлары менен танысты, хызметкерлер менен сөйлести.

Усы жерде қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў, мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў процесинде қолланылатуғын арнаўлы техника ҳәм қурал-жарақлар көрсетилди. Мәмлекетимиз басшысы халқымыздың тынышлығын ҳәм татыўлығын сақлаў ең әҳмийетли ўазыйпа екенин, ҳәр бир хызметкер бул мақтанышлы жуўапкершиликти терең сезиниўи, ҳәр тәреплеме жетик ҳәм сергек болыўы зәрүрлигин атап өтип, әҳмийетли көрсетпелер берди.

ӨзА