Ҳәр жылы жаңа жыл қарсаңында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында халқымыз ушын «Жаңа жыл саўғасы» театрластырылған байрам концерти шөлкемлестириледи.

Быйылғы жылы да театр жәмәәти театрластырылған байрам концертин шөлкемлестирип, халқымызға ҳақыйқый саўға таярлады.

Театр актёры Алибек Қудайбергеновтың хабар бериўинше, «Жаңа жыл саўғасы» театрластырылған байрам концерти бүгин, 26-декабрьден баслап саат 15:00 ҳәм 17:00 де тамашагөйлердиң дыққатына усынылады.

Билетлер театр кассаларында сатылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.