Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм институттың бир топар белсене және талантлы жасларының басламасы менен бүгин ҳәм ертең – 25-26-декабрь күнлери Нөкис қаласының жаңа жыл бас аршасы алдында саат 17:00 де жаңа жыл байрам концерти болып өтеди.

Байрам концертинде быйылғы жылғы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының вице-чемпионлары НМПИдиң «Туран» командасы, «Тумарис» халық ансамбли, институттың талантлы студентлери ҳәм басқа да жоқары оқыў орынларының студентлери өз шығыўлары менен қатнасады.

Халқымызды байрам концертине мирәт етип қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.