Усы жыл 20-октябрь күни Нөкисте суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалардың барысына бағышланған мәжилис болып, оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Илажға Өзбекистан Республикасы Судьялар Олий Кенгашиниң ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят, Пуқаралық ислери бойынша, Экономика ҳәм Ҳәкимшилик судларының басшылары ҳәм судьялары, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекистан Республикасы Судьялар Олий Кенгашиниң баслығы М.Усманов кең түрде шығып сөйледи.

Елимиз тарийхында биринши мәрте Судьялар Олий Кенгаши шөлкемлестирилип, судьялар корпусын жоқары маман қәнигелер менен толықтырық имканияты жаратылды ҳәм әмелде судьялардың бийғәрезлигин ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеўге қаратылған беккем қорғаў системасы жүзеге келди. Кенгаш тәрепинен бүгинги күнде халқымыз күтип атырған әдил қарарлар қабыл етиўге ҳәр тәреплеме жетик, ерк-ықрары беккем, жоқары билимли ҳәм руўхый пазыйлетлерге ийе болған суд хызметкерлериниң қурамы қәлиплестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 13-июнь күни судьялар менен дәслепки мәрте өткерген ушырасыўындағы «Нызам ҳәм әдилликтиң үстинлигин тәмийинлеў — бәрше ийгиликли мақсетлеримизге ерисиўдиң ең әҳмийетли шәрти» темасындағы баянатында белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып, бүгинги күнде судьялық лаўазымларға талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў процеси және де демократластырылмақта. Ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде судьялық лаўазымына биринши мәрте тайынланып атырған талабанды тайынлаўдан алдын ол район ҳәм қала жәмийетшилигине усынылып, халықтың разылығы алынбақта. Суд баслықлары жергиликли халық депутатлары кеңеслеринде мәлимлеме бермекте. Судлар тәрепинен ҳәр айда халық пенен тиккелей ашық сәўбетлесиўлер өткерилип, көшпели суд мәжилислери өткерилмекте.

Судьялар Олий Кенгаши тәрепинен судьялыққа мүнәсип талабанларды таңлаў процеси ўәлаят, район ҳәм қалаларға шығып, юристлер, адвокатлар, нотариуслар, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм суд хызметкерлери менен тиккелей сәўбетлесиў жүргизиў жолы менен әмелге асырылмақта.

Олар менен өткерилген сәўбетлесиўлер нәтийжесинде жоқары руўхый-әдеп-икрамлы, кәсибине садық пазыйлетлерге ийе болған, өзине жүклетилген ўазыйпаларды ҳәм әмелге асырылып атырған реформаларды нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеўге уқыплы, ҳәр қандай жағдайда әдил баҳа бере алатуғын, нызамға қатаң әмел ететуғын, мәмлекет тәрепинен әдилликти қатаң тәмийинлеўге уқыплы талабанлар таңланбақта ҳәм бәрше пуқаралардың ашық-айдын таңлаўда қатнасыўы тәмийинленбекте. Бул болса судьялар корпусын жоқары маман кадрлар менен тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Илаж соңында судьялық лаўазымларына резевке кириў тилегин билдирген шахслар белгиленген тәртипте рәсмийлестирилген арзаларын Кенгашқа усынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги