2018-жылдың 1-мартынан  баслап усы мәселеге байланыслы нызам күшке киреди.

Келеси жылдың март айынан баслап жергиликли телеканалларды көрип отырып, тамашагөйлер фильмлердиң жанында жайластырылған белгилерди байқамаўы мүмкин емес. Бул маркировкалар жаңадан турмысқа енгизилген «Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткизетуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызамның нәтийжеси болып табылады. Жаңа нызам және қандай өзгерислерди ҳәм жаңалықларды өз ишине қамтып алғанлығы ҳаққында Мәлимлеме ҳәм коммуникация технологияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Бердақ Минажовтың пикирин билиўге қызықсындық.

– Атап айтқанда, қандай мәлимлеме балалардың денсаўлығы ҳәм раўажланыўы ушын зыян болып табылады?

– Мәлимлеме өнимлериниң түрлери жаңа нызамның 4-статьясында анық айтылған. Ал, қадаған етилген информацияға балаларды өзиниң денсаўлығына зыян жеткизиўге ийтермелейтуғын, темеки, алкоголь ҳәм наркотик өнимлерин қабыллаўға қәлеўди оятатуғын, сондай-ақ, шаңарақлық қәдир-қымбат, байлықларды тән алмайтуғын цензуралы емес мәлимлеме киреди.

– Ғалаба хабар қуралларындағы информацияларға қандай жаңа шеклеўлер қойылады?

– Нызам мәлимлемеге дерлик жаңадан шеклеўлер қоймайды. Нызам балаларды ҳәм олардың қызығыўшылығын қорғаўға қаратылған илажларды анағурлым анықластырып береди. Енди ата-аналарға қайсы көрсетиўди балаларына көрсетиўге болады ямаса болмайтуғынын анықлап алыўына аңсатырақ болады. Егер ата-аналар буған жетерли ўақыт ажырата алмайтуғын болса, нызам балалардың руўхыяты ушын қәўипли болған информациялық материалларды ўақытша тоқтатып қойыў илажларын көреди.

– Балалар ушын арналмаған телевизион көрсетиўлерге қойылатуғын белгилер қандай көринисте болады? Бул белгилер баспасөздеги ҳәм Интернеттеги информацияларда қалай сәўлеленеди?

Белгилер нызамда анық ҳәм түсиникли берилген. Мысал етип айтқанда, сырт еллерден келген фильмлерден тамашагөйлерге жақсы таныс болып қалған «16+» графикалық белгиси ҳәм «16 жастан үлкенлер ушын» сыяқлы текстлер экранда сәўлеленеди. Енди руқсат етилген жасқа қарап фильмге, көрсетиўге 0,6,12,16,18 белгилери қойылады. Телевидение ушын бундай ескертиў фильмниң ямаса көрсетиўдиң басланыўынан алдын ҳәм рекламадан соң қойылып, экран көлеминиң бес проценттен артығын ийелемеўи керек. Соны атап өтиў керек, Нызам ҳәр бир мәлимлемениң экспертлердиң тексериўинен өтиўин талап етеди.

– Нызамлы тийкарларда цензуралы емес деп есапланатуғын сөзлердиң, сөз дизбеклериниң ҳәм гәплердиң дизими барма?

– Бундай дизим жоқ. Нызамда сөзлерге эксперттиң баҳалаўы талап етиледи делинген. Нормативлик лексика ҳаққында пуқараларымыздың түсиниги бирдей екенин есапқа алсақ, редакция ямаса журналист бундай дизимсиз-ақ, цензуралы емес болған сөзди биледи ҳәм оны қолланбайды деп ойлайман.

Нызамның қабыл етилиўи халықтың дурыс ҳәм ҳәм ҳақыйқый информацияға ийе болыўын тәмийинлеў, ҳәр бир пуқара аңында идеологиялық иммуниттетиң қәлиплесиўине шараят жаратыў, бузғыншы идеологиялық ҳәрекетлерге қарсы руўхый-ағартыўшылық нәсиятты күшейтиў, киши жастағы балаларға байланыслы миллий нызамшылығымызда руўхый басымлар, информация ҳүжимлериниң алдын алыў жолындағы әҳмийетли басқыш болды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.