Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық кеңеси «Жаслар қанаты» басламасы менен «Китаптың жаслар руўхыйлығын қәлиплестириўдеги орны ҳәм әҳмийети» атамасында райондағы китапханалардың жаңа китаплар көргизбеси ҳәм китапқумарлардың сәўбетлесиў кешеси шөлкемлестирилди. Оған депутатлар, дөретиўшилер, райондағы кәсип-өнер колледжлери менен мектеплердиң хызметкерлери, оқыўшы жаслар қатнасты.                                                        Илажда шығып сөйлеўшилер елимизде китап қумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанын, бунда Президентимиздиң усы жылдың январь айында қабыл етилген бийлиги әҳмийетли қолланба болып атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, районда бул бағдарда жаратылған шараятлар, китап оқыўды кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усыныслар, жүзеге келип атырған айырым машқалалар додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

– Китап инсанды жақсылыққа баслайды, әдеп-икрамлы етип тәрбиялайды, – дейди Караөзек аўыл-хожалығы кәсип-өнер колледжиниң 3-басқыш оқыўшысы Камила Сарқытбаева. Мениң де жақында Қарақалпақстан баспасынан «Айдын келешек» атлы қосықлар топламым басылып шықты. Бул елимизде биз жаслардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаўға болған айрықша итибардың көриниси деп, билемен.

    Илаж даўамында райондағы китапханалар ҳәм Мәлимлеме ресурс орайларының жаңа китаплар көргизбеси туўралы мағлыўмат берилди. Сонын менен бирге, бир қатар китапқумар оқыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған китаплар саўға етилди.

М.ИГИЛИКОВА,

Карақалпақстан хабар агентилигиң хабаршысы