USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӘДАЛАТЛЫ ҲӘМ ХОШАМЕТЛЕЎШИ САЛЫҚ СИСТЕМАСЫ ӨНДИРИСЛИК ҲӘМ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ПОТЕНЦИАЛДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 20-декабрь күни жаңадан қабыл етилген салық сиясаты концепциясын әмелиятқа толық енгизиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Ашық-айдын ҳәм әдалатлы салық системасы экономикалық раўажланыўдың ең әҳмийетли тийкары болып табылады. Бирақ елимизде ҳәзирге шекем әмел етип киятырған салық  ҳәкимшилигинде көплеген анықcызлық бар екени бизнес, исбилерменлик, инвестиция тараўларының раўажланыўына тосқынлық етип атырған еди. Әмелдеги ставкалардың жоқары екени инсаплы салық төлеўшилерге қарсы ислер еди.

Мысал ушын, кәрхана пайдасына қарамастан, товар айланысынан 3,2 процент муғдарында мәмлекетлик мақсетли қорларға ажыратпа төлеп келинген. Бул салық жүги кәрхана дәраматының кеминде 21 процентине тең болып, олардың бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортбап өнимлер ислеп шығарыўына кесент беретуғын еди.

Бул сыяқлы машқалаларды сапластырыў, салық жүгин азайтыў ҳәм ҳақыйқый базар экономикасын раўажландырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы менен Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ислеп шығылды.

Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки ҳәм басқа да шөлкемлердиң экспертлерин тартқан ҳалда, раўажланған ммәлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында қабыл етилген бул концепцияда бизнес ушын үлкен имканиятлар, халықаралық дәрежедеги қолайлы шараятлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, салық түрлери келеси жылдан 19 дан 15 ке қысқармақта. Юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы ставкасы 14 проценттен 12 процентке шекем, дивидендлер ҳәм процентлер көринисиндеги дәраматлар бойынша пайда салығы ставкасы 10 проценттен 5 процентке шекем төменлетилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи, енди салық ставкалары алдыңғы сыяқлы  кескин өзгериўшең болмайды. Бул инвесторларға узақ мүддетли бизнес жойбарларды режелестириўде қыйыншылық туўдырмайды.

Жаңа салық концепциясында жоқарыда атап өтилген товар айланысынан ажыратпа төлеў тәртиби де бийкар етилмекте. Соның нәтийжесинде ири кәрханалар өзинде 5 триллион сумнан аслам қаржы сақлап қалады.

Сол сыяқлы жеңилликлердиң нәтийжесинде Халықаралық валюта қоры салық системасының реформаланыўын  Өзбекстанның ең үлкен жетискенликлерден бири, деп тән алды.

Бир сөз бенен айтқанда салық ҳәкимшилигинде жаңа система жаратылды. Гезектеги ўазыйпа оны әмелиятқа толық енгизиў.

Видеоселектор мәжилисинде бул системаны ақылға уғрас жолға қойыў ушын әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп берилди.

2019-жыл 1-январьдан баслап, хызметкерлер санына қарамастан товар айланысы 1 миллиард сумнан жоқары болған субъектлер улыўма белгиленген салық төлемине өтеди.

590c884f-d9f6-9cce-8e9a-7481b01cf62e.jpg

Усы орында не ушын улыўма белгиленген салық төлеўшилер санын көбейтиўге қарар етилди, деген тәбийғый сораў туўылады. Себеби бирден-бир салық төлеўши менен улыўма белгиленген салық төлеўшилер арасында салық жүгиндеги айырмашылық ҳәдден тыс жоқары болып, бул киши бизнестиң кеңейиўин хошаметлемейди. Дүньяға белгили «Adidas», «Nike», «Indesit», «Knauff» сыяқлы брендлер өз ўақтында киши шаңарақлық кәрхана болған ҳәм сол хошаметтиң нәтийжесинде ири компанияларға айланған.

Булар ҳаққында пикир жүргизер екен, Президентимиз Өзбекстанда қашан усындай ири брендлер пайда болады, деген сораў берди.

Улыўма белгиленген салықларды есаплаў бойынша аймақлық салық уйымлары хызметкерлериниң маманлығын ҳәм әмелий көнликпелерин арттырыў, исбилерменлик субъектлери бухгалтерлерин усыған таярлаў керек екенин атап өтти.

Салық уйымлары хызметкерлерин бириктирип, улыўма белгиленген салық төлемине  өтип атырған кәрханаларда түсиник алып барыў, оларға әмелий жәрдем бериў бойынша тапсырма берилди. Ири акционерлик жәмийетлери ҳәм хожалық бирлеспелери Мәмлекетлик салық комитети қәнигелери менен биргеликте өз қараўындағы кәрханалардың жуўаплы хызметкерлери  ушын семинар-тренинглер өткерилиўи зәрүрлиги атап өтилди.

– Улыўма белгиленген салық есапланыўы ҳәм жүргизилиўинде ең қыйын төлем түри бул – қосымша қун салығы, – деди Шавкат Мирзиёев. – Бул бағдарда жеңиллик жаратыў ушын оны еки жыл даўамында басқышпа-басқыш енгизиўди режелестиргенбиз.

Соның ишинде, товар айланысы 1 миллиард сумнан 3 миллиард сумға шекем болған кәрханалар қосымша қун салығын ықтыярлы түрде жеңиллетилген тәртипте төлейди. Яғный, кәрханалар сатып алынған товарлар бойынша өз алдына есап-фактура жүргизбейди ҳәм салықты товар айланысынан келип шығып, тараўлар кесиминде дифференцияласқан ҳалда төлейди.

Мәжилисте бул жумысларды дурыс шөлкемлестириў ушын замангөй мәлимлеме технологияларын енгизиў, юридикалық шахсларды зәрүр компьютер бағдарламалары менен тәмийинлеў, есапшылар таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Салық төлеўшилер жүзеге келетуғын барлық түсинбеўшиликлерге жуўап табыўы ушын «Сораў ҳәм жуўап» интернет бетин және күни-түни ислейтуғын «call центр»лердиң жумысын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәлекетимиз басшысы қосымша қун салығы киши бизнеске де енгизилиўи нәтийжесинде баҳаның көтерилип кетиўиниң алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Жуўапкерлерге таяр өним ислеп шығарыўға шекемги ҳәр бир процессте жаратылып атырған қосымша қунға салықларды енгизиў арқалы баҳаны дурыс қәлиплестириў, оның тийкарсыз түрде артып кетпеўин тәмиийнлеў бойынша тапсырмалар берди.

Бирден-бир салық системасында рәсмий емес жумысты легализация етиў бойынша бир қатар жаңалықлар киргизилди. Соның ишинде, пайда салығы 14 проценттен 12 процентке түсирилип, исбилермен тек ғана дәрамат алса ғана төлейтуғыны белгиленди. Рәсмий емес бәнтликти азайтыў мақсетинде мийнет ҳақыдан 30 процетке шекем алынатуғын дәрамат салығының орнына бирден-бир 12 процентлик салық түри киргизилди ҳәм 8 процентлик қамсызландырыў төлеми улыўма бийкар етилди. Бизнестиң  мойнында аўыр жүк болып киятырған бирден-бир социаллық төлем ставкасы 25 проценттен 12 процентке түсирилди. Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салық ставкалары да 30 процентке төменлетилди.

Бул имканиятлар исбилерменлердиң ҳадал ислеўи, көбирек жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.

Мәжилисте салық жыйналыўшаңлығын арттырыў мәселеси де додаланды. Салық хызметкерлериниң жумысы қанаатландырарлы емеслиги, орынларда салық қарызы сақланып атырғаны атап өтилди. Тийисли шөлкемлерге салық түсимин толық тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Атап өтилгениндей, салық ҳәкимшилигин жүргизиўде бар болған бюрократлық тосқынлықлар экспортёрлардың жумысына кери тәсир етпекте. Соның ишинде, өнимди экспорт етип атырған өндирис кәрханалары өзлериниң қосымша қун салығы суммасы қаплап барылыўы ушын бир неше айлап районлық, ўәлаятлық ҳәм республикалық салық уйымларына мүрәжат етиўге мәжбүр болмақта.

Сонлықтан Президентимиз қосымша қун салығын он күн мүддетте қаплап бериўди нәзерде тутатуғын жеңиллетилген тәртип енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

– Жаңа салық кодекси салыққа тартыў бойынша барлық тәртип, механизм ҳәм усылларды толық қамтып алыўы, ҳәммеге түсиникли болыўы керек. Бул ислер әдалатлы ҳәм хошаметлеўши салық системасын жаратыў бойынша қойған биринши қәдемимиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА