Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-октябрь күни Қырғызстанның басламасына бола Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиўдиң басында Қырғызстан Президенти Алмазбек Атамбаевты ҳәм туўысқан қырғыз халқын усы жыл 15-октябрь күни президентлик сайлаўдың табыслы өткени менен шын жүректен қутлықлады.

Улыўмахалықлық  сайлаўдың нәтийжелери Қырғызстанда әмелге асырылып атырған реформаларға ҳәм жүз берип атырған өзгерислерге мәмлекет халқы  жоқары исеним билдирип, оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынынан дәрек беретуғыны айрықша атап өтилди.

Еки мәмлекет басшылары жақында болып өткен жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди әмелге асырыў бағдарындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин дәстүрий дослық ҳәм әмелий руўхта ҳәр тәреплеме додалады.

Өзбекистан – Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының қалған участкаларына байланыслы шәртнаманы ҳуқықый жақтан рәсмийлестириў ҳәм қол қойыў процесин тезирек жуўмақлаў, сондай-ақ, шегарадан өткериў пунктлериниң нәтийжели жумысын тәмийинлеўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Транспорт коммуникация системасындағы өз-ара байланыслар, атап айтқанда, усы айдың ақырына режелестирилген «Ташкент – Әндижан – Ош – Иркештам – Қашқар» бағдары бойынша биргеликте автомобиль қатнаўын сынақтан өткериў үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Қырғызстан Президенти  Алмазбек Атамбаев Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа президентлик сайлаў мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Қырғызстан еллеримиз арасында кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға, дослық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын беккемлеўге таяр екенин атап өтти.

ӨзА