Усы жылдың 9-12-декабрь күнлери Россия Федерациясы Татарстан Республикасы Казань федерал университетиниң Лев Толстой атындағы филология ҳәм мәдениятлар аралық байланыслар институтында Россия халықлары ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы еллериниң түркий халықлары әдебияты бойынша оқыўшы ҳәм студент жаслар арасында халықаралық фестиваль болып өтти.

Фестивальға Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларынан, сондай-ақ, Россия Федерациясының түркий тиллес халықлары республикаларынан 130 дан аслам жаслар қатнасты.

Фестиваль тийкарынан үш басқышта өткерилип, дәслепки басқышта барлық қатнасыўшылардың мақалалары Казань федерал университетиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланды. Фестивальдың дәслепки басқышында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан жәми 28 студент қатнасып, олардың арасынан филология факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының студентлери Г.Оразбаева, Д.Қудиярова ҳәм А.Тилеповалар биринши басқыш жеңимпазлары деп табылып, Татарстанда болып өтетуғын келеси басқышларында қатнасыў жолламасына ийе болды.

– 10-декабрь күни Казань қаласында фестивальдың ашылыў салтанаты ҳәм екинши басқышы болып өтти, – дейди институт студенти Д.Қудиярова. – Екинши басқыш шәрти бойынша бизлер Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың қосықларынан үзиндилерди рус тилине аўдармаладық. Сондай-ақ, илимпазлар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер менен бирге ҳәзирги дәўир контекстиндеги руўхый турмыс, миллий әдебияттың машқалаларына арналған дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў болып өтти.

Фестивальдың келеси басқышында түркий халықлар әдебиятлары бойынша ең жақсы буктрейлерлер тамашаланып, соңынан белгили жазыўшы, шайыр ҳәм аўдармашылар менен ушырасыў болып өтти.

Фестивальдың жуўмақлары бойынша 20 дан аслам белсене қатнасыўшылар дипломлар менен сыйлықланды. Олар арасында институт студенти Д.Қудиярова да бар екенлиги биз ушын үлкен мақтаныш болды.

Басқа қатнасыўшылар сертификатлар менен сыйлықланды.

Фестиваль Татарстанның тарийхый-мәдений естеликлерине саяхатлар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.