Жақында пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп интернатында  уллы жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың 90 жыллығына бағышланған әдебий кеше өткерилди.

Оған шайыр ҳәм жазыўшылар, оқытыўшылар ҳәм оқыўшы жаслар, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Әдебий кешеде Ш.Айтматовтың дөретиўшилиги ҳәм өмир жолы ҳаққында мағлыўматлар берилип, жазыўшының шығармаларынан ибарат китаплар көргизбеси шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, класларда оқыўшылар арасында ашық сабақлар өткерилди.

Буннан басқа Шыңғыс Айтматовтың «Ақ пароход» ҳәм «Биринши муғаллим» шығармалары бойынша сахналық көринислер қойып берилди.

– Ашық сабағымыз жазыўшының юбилейине арналған болып, онда оқыўшыларға жазыўшының роман ҳәм повестлери менен жақыннан таныстырыўға ҳәрекет еттим, – дейди мектептиң 6-класс басшысы Захима Давлеталиева.

– Әлбетте, сабақларды оқыўшыларға қызықлы етип жеткерип бериў мақсетинде жаңа мультимедия ҳәм көргизбели қураллардан пайдаландық. Әсиресе, оқыўшыларға жазыўшының «Ақ пароход» шығармасы үлкен қызығыўшылық оятты. Жазыўшының бул шығармасы жәҳән әдебиятында өзине тән орны бар шығармалардың бири болып, мазмуны жағынан терең ҳәм көп қырлылығы менен ажыралып турады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери ӨзАның  фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)