Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх-география факультети миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 2-курс студенти Сарвар Қосимов усы жылдың 14-16-декабрь күнлери аралығында Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Халықаралық модели бойынша шөлкемлестирилген халықаралық конференцияға қатнасты.

Бул конференция жаслардың жаңа идеяларын үйрениў, олардың дипломатиялық көнликпелерин кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, бул бағдарлама арқалы жаслардың итибарын Турақлы раўажланыў мақсетлерине тартыў, глобаллық раўажланыўға үлес қосыўға шақырыўдан ибарат болды.

– Конференцияда ең актуал глобаллық машқалаларды үйрениў, көпшиликтиң алдында шығып сөйлеў қәбилетин арттырыў, машқалаларды шешиў ҳәм додалаў қәбилетлеримизди жақсылаў бойынша көнликпелерге ийе болдық, – дейди Сарвар Қосимов.

Конференция жуўмақлары бойынша пединститут студенти сертификат пенен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.