Хабарыңыз бар, Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға әмелге асырған сапарында Мойнақ районына барып, жергиликли халық пенен ушырасқан еди.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы келешек ийелери болған жаслар менен де сәўбетлесип, олардың мақсет ҳәм умтылысларын тыңлап, жоқары баҳа берген еди.

Президентимиздиң елимизге сапары шеңберинде өткерилген кеңейтилген мәжилисте Мойнақ районын раўажландырыў бойынша бир неше усыныслар билдирилип, солар қатарында районда жасайтуғын 25 жасты педагогика ҳәм 25 жасты медицина бағдарлары бойынша жоқары билимлендириў мәкемелерине жеңилликли түрде мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиўди айрықша тапсырма етип берген еди.

Соннан келип шыға отырып, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Мойнақ районында жасайтуғын 25 жасты институтқа оқыўға қабыл етиў бойынша әмелий илажларды баслап жиберген еди.

Бүгин, 14-декабрь күни институттың киши мәжилислер залында усындай үлкен қуўанышқа бөленип, студент болыўдай бахытқа ерискен жасларға студентлик гүўалықларын тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажды институт ректоры Б.Отемуратов басқарып барды. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы К.Ғафуров, мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлер, олардың ата-аналары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Сөзге шыққанлар бундай илажлар Президентимиздиң Қарақалпақстан жасларына, әсиресе, ең алыс районлардың бири болған Мойнақ жасларына қаратып атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлығының әмелий көриниси екенлигин айрықша атап өтти.

– Мен институтқа кириў тест сынақларынан өте алмай, ақыры үйимдегилер менен ойласып, еселенген төлемли контракт тийкарында оқып атыр едим, – дейди институттың баслаўыш тәлим бағдары студенти, мойнақлы Ҳ.Генжемуратова. – Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз басшыларының усындай ғамқорлығы нәтийжесинде мен мәмлекетлик грант тийкарында оқыйтуғын болдым. Буннан шексиз миннетдарман. Алдағы ўақытлары билдирилген үлкен исенимди ақлап, елимиз раўажланыўы ушын тынбай мийнет етемен.

Илажда студентлердиң ата-аналары да сөзге шығып, Президентимиздиң келешек ийелерине қаратып атырған усындай итибары Мойнақты, Қарақалпақстан Республикасын еле де раўажландырыў ушын тасланып атырған үлкен тарийхый қәдемлердиң бири болғанлығын, буннан район халқы ҳәм жаслары оғада қуўанышқа бөленип атырғанын айрықша толқынланыў менен билдирип өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.