Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслар арасында «Конституция – бахтымыз қамусы» атамасында таңлаў өткерилди.

Жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, Тийкарғы Нызамымыздың мазмуны ҳәм мәнисин жасларға түсиндириў, усы тараў бойынша алып барылып атырған реформалардан хабардарлығын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған  таңлаўда студентлер бир неше басқышлар бойынша беллести.

Олар командасының атамасын, эмблемасын тәрийплеў, бүгинги күнде тараўда әмелге асырылып атырған өзгерислерди өз ишине алған ҳалда презентация шөлкемлестириў, халықтың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәплерин қорғаў ҳәрекетлеринен ибарат сахналық көринислерди көрсетиў сыяқлы басқышларда өзлериниң билимин сынақтан өткерди.

Таңлаўда ҳуқық тараўы бойынша жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлерден ибарат алты команда ишинен «Әдалат қалқаны» командасы бириншиликти қолға киргизди ҳәм республикалық (финаллық) басқышқа жоллама алды.

-Инсанларды бир мақсет жолында бирлестирип, Ўатанымыздағы тынышлықты, татыўлықты беккемлеўши, пуқаралардың еркин ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўши Конституциямыз болып табылады, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Тарийх ҳәм ҳуқық факультети деканы Ф.Қутлымуратов. – Ҳәр бир инсан билим алыў ҳуқықына ийе болыўы, саламат ҳәм бахытлы жасаўы Бас Нызамымыз бенен беккемлеп қойылған. Жасларымызға өзлериниң усындай ҳуқықлары, соның менен бирге миннетлери бойынша да кең түрде түсиник бериў ўазыйпамыз болып табылады.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.