sports.kz дың хабарлаўынша, Халықаралық бокс фередациясы (IBF)  барлық салмақ категориясы ўәкиллериниң ҳәр айдағы рейтингиниң жаңаланған дизимин жәриялап барады.

Америкалы Дэнэл Джейкобс жәҳән чемпионы аталған орта салмақ категориясындағы биринши орын бос тур. Эквадорлы немис боксшысы Джек Кулкай екинши орынды бәнт етсе, украиналы Сергей Деревянченконы үшинши орынға мүнәсип тапқан.

Бурынғы жәҳән чемпионы, қазақстанлы Геннадий Головкин өткен айда 11-орында турған болса, бул айда 10-орынға көтерилди.

Усы жылдың бәҳәринде IBF GGGден Деревянченко менен шәртли беллесиўден бас тартқаны ушын чемпионлық белбеўин алып қойды.

Титул бос деп жәрияланғаннан соң, Деревянченко менен Джейкобс беллести. Бул жекпе-жекте АҚШ ўәкили жеңиске еристи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги