Бүгинги күнде республикамыз бойынша жәми 40 мың гектарға шамалас майданға ийе 111 тәбийғый көллер болып, жәми 138 балық жетистиретуғын хожалықлар жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы «2018-жылда балық жетистириў көлемин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары республикамызда усы тараўдағы көплеген жойбарлардың әмелге асырылыўына имканият туўдырмақта.

Атап айтқанда, республикамызда тек ашық бассейнлерде емес, ал заманагөй технологияларды қолланған ҳалда африка ылақасы ҳәм басқа да балықларды интенсив усылда жетистиретуғын көплеген кәрханалардың қурылысы баслап жиберилди. Жақында, Нөкис районында республикамыздағы  биринши балықлар ушын жабық бассейн қурып питкерилди.

– Бул жумыслар март айында басланып, жылына 300 тонна африка ылақасын жетистирип шығарыў қуўатлылығына ийе «NUKUS AGRO FISH» ЖШЖ жойбары тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды,-дейди «NUKUS AGRO FISH» ЖШЖниң директоры К.Примбетов. – Усы мақсетте Нөкис районы «Саманбай» АПЖ аймағынан 180 ге 12 метрлик жабық имарат қурылды.

Имараттың ишине үлкен ылақалар ушын арналған 24 темир бетонлы бассейн, шабақлары ушын арналған 30 темир бетонлы ванна қурылды. Олардың барлығы бир-бири менен байланыстырылып, суў айланысы ҳәм тазаланып турыўы ушын қолайлықлар жаратылды. Керекли үскене ҳәм техникалар алып келинди.

Бул проекттиң улыўма баҳасы 7 миллиард 200 миллион сумды қурайды. Усы қаржының 75 проценти кәрхананың, 25 проценти «Ипотека банк»тиң Қарақалпақстан филиалы кредити есабынан қапланбақта.

Ҳәзирги ўақытта имараттағы насослардың ҳәм басқа да үскенелердиң электр линияларын жалғаў жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, 4 личинкалар ушын арналған айналы пластикалық ыдыслар, 29 шабақлар ушын арналған бетонлы ыдыслар қурып питкерилди ҳәм жумыс ислеўге таяр ҳалатқа келтирилди. Имараттың ишки цехларын қурыў тамамланып, канализация және суў айланысы қурылмалары орнатылды. Суў жылытатуғын үскенелерди орнатыў жумыслары да тамамланды.

Ҳәзирги ўақытта комплекстеги жумыслардың таярлығын сынап көриў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.