Фулбрайт бағдарламасы бойынша Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети жанындағы Шет тиллерин оқытыўдың инновациялық методларын раўажландырыў орайы қәнигеси, америкалы Дэвид Чиеза Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетинде профессор-оқытыўшылар ушын семинар-тренинг өткерди.

Америкалы қәниге студентлердиң прагматикалық компетенциясын раўажландырыў, екинши шет тилин үйрениўди шөлкемлестириў, студентлер менен диалог журналларынан пайдаланыў: социомәдений көз қарас атамаларында семинар өткерип, өз тәжирийбелери менен бөлисти.

Дэвид Чиеза Санта Клара университетиниң бакалавиатура, Миддлбери институтының магистратура басқышларында оқып, шет тиллерин оқытатуғын муғаллимлерди таярлаў, екинши тилди үйрениў бойынша тил уқыплылығын баҳалаў темалары бойынша илимий изертлеў жумысларын алып барған ҳәм Джоржия мәмлекетлик университетинде докторлық диссертациясын табыслы қорғаған.

Қәниге Япония, Қытай, Монголия, Комбоджа, Таиланд сыяқлы мәмлекетлерде инглис тилин оқытыў бойынша үлгили жумысларды алып барған.

Усы күнге шекем Өзбекстанның Әндижан, Наманган ҳәм Бухара ўәлаятларында усындай семинар-тренинглер шөлкемлестирген.

Семинарда институт профессор-оқытыўшылары ҳәм сырт елли қәниге өз ара тәжирийбелер алмасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.