Елимизде спорт тараўына айрықша итибар қаратылып атырғанлығы нәтийжесинде  жасларымыз бүгинги күни жәҳән спорт ареналарында да өзиниң ылайықлы орнына ийе болмақта.

Усы жыл 8-9-декабрь күнлери Россия  Федерациясы Татарстан Республикасының Қазан қаласында спорттың белбеўли гүрес түри бойынша  2001-2003-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар  арасында Жәҳән чемпионаты өткерилди.

Дүньяның 31 мәмлекетинен спортшылар қатнасқан Жәҳән чемпионатына  республикамыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспирмлер спорт мектебиниң 5 тәрбияланыўшыcы табыслы қатнасып қайтты.

Чемпионатта  52 кг салмақта Улмекен Узақбергенова биринши,  52 кг салмақта  Бийбигаўҳар Полатбаева екинши,  63 кг салмақта Жамила Хожақметова екинши,  44 кг салмақта Гүлимхан Орынбаева сыйлы үшинши орынды ийеледи.

Спортшыларды жарысқа тәжирийбели тренерлерден Шарапбай Сариев, Асылбек Сариев, Қайратбай Сариевлер таярлады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы