Усы жылдың 26-30-ноябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайлары хызметкерлери арасында мини футбол ҳәм волейбол бойынша жарыс өткерилди.

Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайлары хызметкерлери арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, жумыстан бос ўақытларын мазмунлы өткериў, дослық қатнасықларын беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыс дәслеп барлық районларда ҳәм Нөкис қаласында аймақлық басқыш тәризинде өткерилди.

30-ноябрь күни Нөкис қаласында ярым финал ҳәм финал басқышы өткерилип, жарыслар даўам етти.

Өткерилген жарыс жуўмақларына бола, ҳаял-қызлар арасында спорттың волейбол түринен 1-орынды Әмиўдәрья районы, 2-орынды Қараөзек районы, 3-орынды Қоңырат районы мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайлары ийелеген болса, еркеклер арасында болып өткен мини футбол жарысында 1-орын Нөкис қаласы, 2-орын Шоманай районы, 3-орын Қараөзек районы мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайларына несип етти.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.