Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисин тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары  У.Бўтаев, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов шығып сөйлеп, жыйналғанларды  Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26-жыллығы байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ғәрезсиз елимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда мәҳәлле институты халықтың исенимли сүйениши ҳәм тәсиршең күши болып хызмет етиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бунда Президентимиздиң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы жәмийетимизде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының орнын ҳәм ролин күшейтиў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға хызмет етпекте. Соның ишинде, Президентимиздиң 2017-жыл 13-июльдеги «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында орынларда руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, миллетлераралық дослықты ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў, пуқаралар жыйынларының жумысларын раўажландырыў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған  белсенди, инталы пуқаралар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллерин сыйлықлаў белгиленген. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26 жыллығы байрамы алдынан республикамыздан 14 пуқара усы көкирек нышанына мүнәсип деп табылды.  Илажда усы нышанлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры З.Реймова,  «Нураний» қоры Қоңырат районы бөлиминиң баслығы  Ә.Нурыллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнетлерин ылайықлы баҳалағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

-Ҳақыйқатында да, бүгинги күни пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары халқымыздың ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйениши айланды,-дейди «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси ийеси, Мойнақ районындағы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынының белсендиси  Қурбанбай Әметов. — Пуқаралар жыйыны жанындағы турақлы комиссиялардың жумыслары жақсы жолға қойылғанлығы себепли усы жылдың өткен дәўири ишинде аймағымызда бир де жынаят жүз бермеди.

Илажда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.