Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы жыл 6-ноябрьден 6-декабрь күнлери аралығында «Мийрим-шәпәәт көрсетиң» атамасында бир айлық акция өткерилмекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң ўәкиллери менен видеоселектор мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде пенсионерлердиң, соның ишинде майыплығы болған  шахслардың өзлерин жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасы деп сезиниўи ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылмағанлығы сынға алынған еди. Сондай-ақ, оларды протезлер, майыплар арбашалары менен тәмийинлеў, олардың турақ жайға ҳәм ҳәкимшилик имаратларға кирип-шығыўы, жәмийетлик транспортлардан биймәлел пайдаланыўы ушын пандуслар менен платформалар қурыў сыяқлы мәселелерде анық ўазыйпалар белгилеп берди. Қайырқомлық акциясы майыплығы болған шахслардың талаплары менен мүтәжликлерин қанаатландырыў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл     1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы елимизде майыпларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, медициналық-социаллық жердем көрсетиў, турмыс сапасын жақсылаў системасын жетилистириў, оларға билим алыўда ҳәм жумысқа орналасыўда ҳәр тәреплеме көмеклесиў жумысларын буннан былай да жетилистириўге хызмет етеди.

Партияның Сайлаўалды платформасында белгиленген майыплығы болған шахсларға, жалғыз кекселерге материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў имканиятларын кеңейтиў баслы ўазыйпалардан бири етип белгиленди. Бул бағдарда партияның районлық (қалалық) шөлкемлери, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги партия топарлары тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, олар тәрепинен урыс ҳәм мийнет ветеранлары санаторийиниң, «Мүриўбет» ҳәм «Меҳрибанлық үйи»лериниң, майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы мектеп-интернатларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў мәселери шешилмекте. Деген менен, партияның жәмийетлик қадағалаўынан мәлим болғанындай, айырым шөлкемлер тәрепинен майыплығы болған шахслардың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген Нызамлар, Пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеўге, олардың турмыс шараятларын жақсылаўға итибарсызлық пенен қаралып келинбекте. Әсиресе, майыплығы болған шахсларды реаблитациялаў, оларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў, биринши гезекте олардың бәнтлигин тәмийинлеў елеге шекем машқала болып қалмақта.

«Мийрим-шәпәәт бериң» атамасындағы акция шеңберинде бир қатар қайырқомлық илажлары өткерилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Майыплар жәмийетинде өткерилген ушырасыўда илаж қатнасыўшылары майыплығы болған шахслар тәрепинен таярланған буйымлар менен танысты. Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қалалық Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, партиядан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары, партия белсендилери, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Денсаўлықты сақлаў министрликлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасқан илажда майыплығы болған шахслардың жумыс баслаўы, яғный, тигиўшилик, қусшылық, шарўашылық, теплица, электр оңлаў устаханасы, саўда-сатық, үй мийнети менен шуғылланыўлары ушын коммерциялық банклерден жеңилликли кредит алыў жоллары, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалардың шешими бойынша ашықтан-ашық сөйлесиў болды. Илаж соңында өзлериниң ислеп шығарған өнимлери менен қатнасқан майыплығы болған шахсларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде майыплығы болған балалар ҳәм майыплығы болған шахслар арасында жеңил атлетика бойынша жарыс өткерилди. Жеңимпазлар партия Кеңеслери тәрепинен таярланған диплом және саўғалар менен сыйлықланды.

Усы күни Нөкис қаласында жасаўшы майыплығы болған шахслар ушын бийпул медициналық акция өткерилди. Оның шеңберинде илаж қатнасыўшылары майыплығы болған шахслардың ҳал-жағдайларынан хабар алып, қәнигели шыпакерлер тәрепинен медициналық жәрдем көрсетилди. Оларға да естелик саўғалары, азық-аўқатлық затлар тапсырылды.

Усы атамадағы акция республикамыздың барлық районларында болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген суўретлери