Жақында Нөкисте «Жылдың ең жақсы «Бәркамал әўлад» балалар орайы директоры» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўға республикамызда жумыс алып барып атырған «Бәркамал әўлад» балалар орайларының директорлары қатнасты.

Төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен қатнасыўшылардың дөретиўшилик жумыслары 5 бағдар бойынша баҳалап барылды.

Онда орай директорларының жаңа инновациялық технологияларды шөлкемлестириў арқалы оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди жолға қойыў бойынша исленген жумыслары, олардың инталылығы, дөретиўшилиги ҳәм жуўапкершилиги, сондай-ақ, «Бәркамал әўлад» балалар орайларын раўажландырыў бойынша 5 жыллық концепция бағдарының ислеп шығылғанлығы ҳәм орайда дөгерек ағзаларының түрли илажлардағы қатнасы, жетискенликлери, дөгерек жумысларының нәтийжелилигине айрықша итибар қаратылды.

Жарыс жуўмағында Қоңырат районлық «Бәркамал әўлад» балалар орайы директоры  Мунира Матмуратова биринши, Нөкис қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайы директоры Гүрпаршын Рзаева екинши, Төрткүл районлық «Бәркамал әўлад» балалар орайының директоры Асия Ерназарова үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары ҳәм «Заманагөй исбилермен директор», «Ең зийрек директор», «Заманагөй концепция авторы» сыяқлы номинациялардың жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)